Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллери менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы БМШ Раўажланыў бағдарламасы ўәкиллери менен ушырасты

10.06.2023 16:16:01 147 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы баслығының орынбасары, БМШ Раўажланыў бағдарламасының ҒМДА бойынша аймақлық ўәкилханасы директоры Ивана Живкович, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска менен ушырасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы мийманларға Президентимиз басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм реформалар, сондай-ақ, Арал теңизи апатшылығы ақыбетинде келип шыққан экологиялық жағдайды жумсартыў, пуқаралардың денсаўлығын сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқталып өтип, бунда халықаралық Траст фонды, бир қатар шөлкемлер, соның ишинде, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәмде бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң көрсетип атырған жәрдемин айрықша атап өтти.

Ушырасыўда Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы шеңберинде республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған бир қатар жойбарлар, регион халқы саламатлығын беккемлеў, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ҳәм басқа да бир қатар бағдарларда бирге ислесиўди еле де беккемлеў бойынша сөз етилди.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Жоқарғы Кеңес Баслығына өз миннетдаршылығын билдирди. Аралбойы аймағы, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, социаллық-экономикалық тараўларды қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға буннан былай да көмеклесиў, өз-ара бирге ислесиў ҳәм биргеликдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content