Бүгин Шымбай районындағы «Раўшан – Наўрыз» фермер хожалығында ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар өткерилди.
Семинарға район ҳәкими А.Тажетдинов , сондай – ақ арқа районлар бойынша сектор баслықлары тараў қәнигелери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев шығып сөйлеп, быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў, сондай-ақ, орым-жыйын мапазында ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.Сондай-ақ семинарға Ишки ислер министри Б.Төребеков ҳәм қатнасып орым – жыйын ӯақтында тәртип – интизамға әмел етиӯге айрықша итибар қаратыӯды айтып өтти.
Мағлыӯмат орнында Шымбай районында 169 фермер хожалықлары ҳәм 3800 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым-жыйын мәўсимине 15 отряд бириктирилген.