Қарақалпақстан Республикасында металды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды

Қарақалпақстан Республикасында металды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды

08.06.2023 17:42:39 127 Баспаға шығарыў

Қытай Халық Республикасының «FUJIAN ZHENGYUE DEVELOPMENT CO. LTD» кәрхананысының баслығы Джиангжин Денг ҳәм BA Association кәрханасы баслығы Б.Абдуллаев бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўында болды.

Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы бирге ислесиў, Қытай мәмлекети технологиялары тийкарында ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳаққында сөз етилди.

Ушырасыўда инвесторлар тәрепинен ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў, металды қайта ислеўши кластер жумысын жолға қойыў ҳәм бул арқалы 300 ден аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәрхана жумысларын жолға қойыў ушын жер майданлары ажыратылыўын тәмийинлеў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелер бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў менен байланыслы кәрханалардың жумысын жолға қойыў, санаатты раўажландырыў ҳәм ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў басламалары барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығын, инвестициялық жойбарлары менен келген инвесторлардың жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасына барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content