Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев алыс аймақларда өткерилген ушырасыўлар, тараў ўәкиллери менен пикирлесиўлер даўамында көтерилген мәселелер ҳәм басқа да усы бағдардағы орынланыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Бүгинги күнде халқымыздың ҳәр бир қатламының пикир ҳәм усынысларын, мүрәжатларын инабатқа алған халда әмелге асырылып атырған реформалардан халқымыздың разы болыўын тәмийинлеў баслы мақсетлердиң бири болып саналады. Сонлықтан, орынларда бир қатар ушырасыўлар, тараў ўәкиллери менен пикирлесиўлер өткерилди. Бул ушырасыўларда қатар машқалалар көтерилип, пикир-усыныслар билдирилди. Тилекке қарсы, айырым жуўапкерлер тәрепинен бул билдирилген усыныслар итибардан шетте қалдырылмақта.
Атап айтқанда, алыс аймақларда өткерилген ушырасыўларда келип түскен бир қатар мүрәжатлар орынланбаған. Қоңырат районы “Қубла Үстирт” елаты турғынлары менен, Тахтакөпир районы “Қоструба” елаты турғынлары менен өткерилген ушырасыўларда келип түскен айырым мүрәжатлар қанаатландырылмаған.
Быйылғы жылдың басында исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың айырымларына тек ғана ҳуқықый түсиник бериў менен шекленген. Оларда коммерциалық банклер менен байланыслы жағдайлар көбирек ушыраспақта.
Мәжилис жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен жуўапкерлер ескертилип, мүддет белгиленди ҳәм ўзаыйпаларды қысқа ўақытта орынлаў тапсырылды.