Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде жасларды қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме ғамхорлық көрсетиў, қабилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында ҳүрметли Президентимиз итибары менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ, бир қатар жөнелислер бойынша жетискенликке ерискен жаслар хошаметленди.