Жоқарғы Кеңес Баслығы Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты

01.06.2023 19:16:06 208 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Хэник ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) миссиясы директоры Микаэла Мередит пенен ушырасты.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы мийманларға Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында берилген бир қатар жеңилликлер ҳаққында айтып өтти.

Болып өткен ушырасыўда мәмлекетимиз бенен Америка Қурама Штатлары арасындағы байланыслар, бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы менен де әмелге асырылып киятырған бирге ислесиўлер, экономикалық байланыслар ҳаққында атап өтилди.

Өткерилген ушырасыўда Америка Қурама Штатлары ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-экономикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.

Соның менен бирге, республикамыз аймағында сонғы ўақытлары инвестициалық орталықты жақсылаў ҳәм халықаралық инвесторларды елимизге кеңнен тартыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы, сондай-ақ, Қарақалпақстанның өзине тән тәбиятынан туристлик мақсетлерде пайдаланыўға қаратылып атырған итибар ҳәм үлкениң бай мийрасқа ийе екенлиги айрықша тилге алынды.

Өз нәўбетинде мийманлар да Қарақалпақстанға болған қызығыўшылық жоқары екенлиги ҳәм қатар жойбарлар шеңберинде бирге ислесиў бойынша режелер бар екенлигин атап өтти.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Америка Қурама Штатлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасында өз-ара бирге ислесиўдиң жолға қойылыўы оғада әҳмийетлилиги ҳәм барқулла бирге ислесиўге таяр екенлиги билдирилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content