Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

Жоқарғы Кеңес Баслығы «Имкон» шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

01.06.2023 17:38:51 155 Баспаға шығарыў

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, баркамал инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалмайды. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып, билим алмақта. Сондай-ақ, саламатлығын тиклеп атыр. Балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардыӊ саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог устазлар күн-түни аянбай мийнет етпекте.

“Имкон” шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content