Бүгин Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының ҳаял-қызлар белсендилери менен ҳаял-қызлардың машқалалары бойынша менен ушырасыў ѳткерди.
Ушырасыўда бүгинги күнде ҳаял-қызлар арасында ушырасып атырған ҳәм шаңарақлардың кейпиятына кери тәсир кѳрсетиўши машқалалар бойынша ҳаял-қызлар белсендилериниң пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Ушырасыў даўамында район ҳәкими атап ѳтилген машқалалар ҳәм билдирилген усынысларды шешиў бойынша тийисли тәртипте илажлар кѳрилетуғынлығы ҳаққында атап ѳтти.