Өткерилген мәжилисте қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар сын көз қараста қарап шығылды.
Мәжилисте 2022-жылда Инвестиция бағдарламасына ҳәм Президент сапары протоколына қосымша киргизилген 9 объект қурылыс кәрханаларының кемшиликлерге жол қойыўы себепли усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмағанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, айырым кәрханаларға суд иси ашылғанлығы билдирилди. Булардан тысқары, “Абат аўыл” бағдарламасына киргизилген Қоңыраттағы 2 объект усы күнге шекем пайдаланыўға тапсырылмаған.
“Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы” буйыртпашылығында жәми 87 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары тийкарында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырған 12 объекттың пайдаланыўға тапсырыў мүддетлери өтип кеткен.
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февралдағы 52-санлы қарары тийкарында республика бюджетинен қубла районлардағы үй-жайларда қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 112,3 млрд.сум қаржы ажыратылған. Бирақ, район ҳәкимликлериниң немқурайдылығы нәтийжесинде усы күнге шекем қурылыс-оңлаў жумысларының басланбаўына алып келген.
2020-2022-жылларда жәми 1019 пуқаралар субсидия алыў бойынша унамлы жуўмақ алған, соннан, 295 пуқараға, яғный 29 процентине субсидия ажыратылған. Бирақ, қала ҳәм район ҳәкимлери май айында бирде-бир үй-жай пайдаланыўға тапсырмаған.
Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында “Жаңа Өзбекстан” массивлериндеги режелестирилген үй-жайлардың қурылысы талап дәрежесинде емес. Бүгинги күнде үй-жайлар пайдаланыўға тапсырылмаған.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер ескертилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.