Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахтымыздағы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен жасларға үлкен итибар қаратылып, өз қәбилетин жүзеге шығараман деген жасларға бар мүмкиншилик жаратып берилип атырғанлығы, буннан тысқары, мектеп питкериўшилерин үлкен өмирде жаңаланған Конституцияда белгиленген теңсиз имканиятлар күтип турғанлығы айрықша атап өтилди.