Жоқарғы Кеңес Баслығы Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Франция мәмлекетиниң Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси менен ушырасты

23.05.2023 18:53:59 145 Баспаға шығарыў

Ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўлер нәтийжесинде бир қатар көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы менен де бирге ислесиўлер жолға қойылғанлығы атап өтилди.

Елши Франция мәмлекети Қарақалпақстан Республикасының мәденияты, түризм потенциалы, региондағы экологиялық жағдай менен таныс екенлигин билдирди.

Өткерилген ушырасыўда Франция мәмлекети ҳәм Қарақалпақстан арасындағы өз-ара байланысты беккемлеў, саўда, социаллық-экономикалық, билимлендириў, мәденият, туризм тараўлары бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери сөз етилди.

Соның менен бирге, аймақта бир қатар жөнелислер бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға болған қызығыўшылық артып атырғанлығы да тилге алынды.

Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы алып барылып атырған жумыслар менен кеңнен таныстырып өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли мийманның республикамызға болған сапарынан миннетдар екенлигин билдирип, бирге ислесиўди жолға қойыўда ҳәр қандай жаңа басламаларды қоллап-қуўатлайтуғынлығын, буның ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилетуғынлығын айтып өтти.

Пайдалы ресурслар
Skip to content