Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев билимлендириў, илим изертлеў ҳәм инновациялар мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Мәжилисте мектепке шекемги билимлендириў тараўында алып барылып атырған жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.
Мектеп билимлендириўи бағдарында 2022-жыл август-декабрь айларында өткерилген улыўма билим бериў мектеплериндеги педагог кадрлар аттестациясы жуўмағында қәниге категорияларына ийе болмаған педагоглар үлеси бойынша еӊ төмен көрсеткиш Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Мойнақ районларына туўра келмекте. Сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплеринде балаларға тәлим-тәрбия берип атырған педагоглардан категорияға ийе болыў дәрежеси, жоқарыдағылар менен бир қатарда, бүгинги күнде мектеплердеги шет тили пәни муғаллимлеринен миллий ҳәм халық аралық сертификатқа ийе болыўы мәселеси де талап дәрежесинде орынланбастан қалмақта.
Халық билимлендириўи тараўы хызметкерлериниң тәжирийбесин арттырыў бойынша Беруний, Тахтакөпир, Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында белгиленген реже орынланбаған ҳәм педогог-кадрлар оқытылыўы толық тәмийинленбеген.
Мәжилис даўамында жоқары оқыў орынларындағы баслы машқалалардан бири – бул студентлердиң жатақхана менен тәмийинлениў дәрежеси екенлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында 2023-жылда мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарында жоқары оқыў орынларында 7 жатақхана қурылыўы белгиленгени атап өтилди. Усыған қарамай, бүгинги күнге шекем тек ғана 2 жоқары оқыў орнында ғана қурылыс жумыслары басланып, қалған орынларда бул жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилмегени сынға алынды.
Өткерилген мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша тапсырма берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.