Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 – жыл 25 – октябрь күнги «2022- 2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 408 -санлы қарарының Шымбай районында орынланыўы бойынша көлемли жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда «Қызыл – өзек» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында улыўма баҳасы 2,8 млрд сўм қаржы жумсалып, суўды душшыландырыўшы станция ҳәм 6,5 км аралықтағы ишимлик суў тармағын реконструкция қылыў белгиленип, бүгинги күнде 1,9 млрд сўмлық, 6,4 км ишимлик суў тармақлары тартылып пайдаланыӯға тапсырылды.