- Шымбай районы бойынша сайлаў участка комиссиялары ағзалығына талабанлар қурамын 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясына усыныў ҳаққында.
- Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жыл I – шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында.
- Шымбай районы Ишки ислер бөлими баслығы, 3-сектор баслығы Утамбетов Сабит Абдижамиловичтиң 2023-жылдың 3 айы даўамында сектор аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў барысы
ҳәм 2023-жылдың 3 айы даўамында Шымбай районы аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм де пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барған жумыслары ҳаққында.
- Шымбай районы “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик қоры Шымбай районлық бөлими жанында шөлкемлестирилген “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есап бетине келип түскен қаржыларды мақсетли ҳәм мәнзилли жумсаў ҳаққында.
5.“Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының 2023-жыл 14-май күнги “Республикада тутыныўшыларды көмир жанылғысы менен турақлы тәмийинлеў бойынша баслы ўазыйпаларды шөлкемлестириў ис – илажлары туўрысында”ғы буйрығы ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2023-жыл 19-май күнги шешиминиң Шымбай районында орынланыўы ҳаққында.