Шымбай районы Қостерек аӯыл пуқаралар жыйыны биринши сектор аймағына қараслы болып есапланады. Район ҳәкими А.Тажетдинов усы аймақтағы халық пенен ушырасып олардың усыныслары мүрәжатлары менен танысты.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен жаслардың оқыўына шәртнама пулларын төлеп бериў, үй-жай оңлаў, бәнтлик, медициналық ҳәм материаллық жәрдемлер менен байланыслы мүрәжатлары қабыл етилди.
Мүрәжатлар басым көпшилиги орынында унамлы шешим тапты.Ал мүддет күтилетуғын мүрәжатлар бойынша тараў басшыларына тапсырмалар берилип барлық мүрәжатлар район ҳәкими тәрепинен қадағалаўға алынды.