Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер сын көз қараста талқыланды

Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер сын көз қараста талқыланды

18.05.2023 10:46:17 235 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик активлерден натийжели пайдаланыўды жолға қойыў сыяқлы бир қатар мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Атап өтилгениндей, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў бағдарламасы тийкарында усы күнге шекем Республика бойынша белгиленген кредитлердиң тек ғана 32,7 проценти өзлестирилген. Усы тийкарда машқалалы кредит муғдары жыл басына салыстырғанда 9,2 млрд. сумға өскен.

2023-жыл январ-апрель айлары даўамында Қарақалпақстан бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў параметрлериниң орынланыўы бүгинги күн талабына жуўап бермейди.

Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығына Министрлер Кеңесиниӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм Кегейли районы ҳәкимин интизамый жазаға тартыў бойынша тийисли усыныс бериў тапсырылды.

Министрлер Кеңесиниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секретарияты баслығы, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Хожели районлары ҳәкимлериниң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарларына интизамый жаза шарасы қолланылды.

Соның менен бирге, Әмиўдəрья районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы интизамый жазаға тартылды. Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық район ҳәкимлериниң усы лаўазымлардағы орынбасарларына интизамый жаза қоллаў мәселесин көрип шығып, усыныс билдириў Министрлер Кеңесиниң Баслығына тапсырылды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content