Жоқары билимлендириў, пән ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмонов басшылығында министрлик жанындағы Билим ҳәм тәжирийбелерди баҳалаў агентлиги жумысындағы системалы машқалалар ҳәм олардың шешимлерине арналған мәжилис өткерилди.
Онда 2023/2024-оқыў жылы ушын республика жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў бойынша тест сынаўларын шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар талқыланды.
Атап өтилиўинше, тест сынаўларын өткериўге арналған айрықша имаратлардың жоқ екенлиги себепли өткерилип атырған көпшилик тест сынаўлары билимлендириў мәкемелериниң оқыў имаратларында ҳәптениң дем алыс (шемби, екшемби) күнлеринде өткериледи.
Бүгинги күнде 2023/2024-оқыў жылы ушын тест сынаўлары өткерилетуғын 92 жабық имарат сайлап алынды ҳәмде олардың реже сызылмалары таярланып, жергиликли ҳәкимлик ҳәм мәкемелер менен келисилген түрде тастыйықланды.
Кең жәмийетшилик арасынан тест сынаўларында топар қадағалаўшылығына талабан сыпатында дизимнен өткен 8 мың 956 талабанлардан 4 000 ға жақыны сайлап алынды ҳәм олар менен шәртнамалар рәсмийлестирилмекте.