Жер менен байланыслы тартыслар ҳаққында

Жер менен байланыслы тартыслар ҳаққында

16.05.2023 16:16:18 167 Баспаға шығарыў

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда қейинги ўақытлары судларда жер менен байланыслы тартыслар саны жылдан-жылға көбейип бармақта.

Мысалы, бул ислердиң саны 2021-жыл 34 исти қураған болса, 2022-жыл 403 исти қураған.

Әмелият пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың жер участкаларына болған мулк ҳуқықы ҳаққында толық түсиникке ийе емес екенлигин көрсетеди.

Себеби усы мазмундағы ислер көрилгенде айрым ўақытлары пуқаралар бул жерден көп жыллардан бери пайдаланып, салықларын төлеп киятырғанлығын көрсетип, турақ-жайы ҳәм жер участкасының кадастр ҳүжжетлерин усынады. Ал, бул кадастр ҳүжжетлери турақ-жайға ҳәм жер участкасына болған ҳуқықы мәмлекетлик дизимге алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет болып есапланбайды, ал тек ғана жерден пайдаланғаны ушын ҳақы төлеў ушын ислеп берилген ҳүжжетлер болып табылады.

Әлбетте бул жерде Мүлк ҳуқықы ҳәм Жер участкаларына болған мулк ҳуқықы дегенимиз не деген сораў туўылыўы тәбиий.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 164-статьясында Мулк ҳуқықы тусиниги белгиленген болып, оған көре мүлк ҳуқықы шахстың өзине қараслы мал-мүлкке өз қалеўи менен ҳәм өз мәплерин гөзлеп ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны басқарыў, сондай-ақ өзиниң мүлк ҳуқықын бузылыўын ким тәрепинен болмасын ҳәр қандай бузыўды сапластырыўды талап етиў ҳуқықынан ибарат. Мүлк ҳуқықы мүддетсиз болып табылады.

Ал, 188-статьясында болса, “пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың жер участкаларына болған мулк ҳуқықы нызамшылықта нәзерде тутылған жағдайларда, тәртипте ҳәм шәртлерде жүзеге келеди” деп белгиленген.

Жер участкаларын бериў (реализация етиў) тәртиби Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 23-статьясында белгиленген болып, турақлы пайдаланыў ушын ҳәм ижарага бериў жер ажыратыў тәртибинде әмелге асырылады.

Жер участкаларын бериў (реализация етиў) төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

1) мулк қылып бериў (реализация етиў) – аўыл хожалығына арналмаған жер участкаларын меншиклестириў ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық, соның ишинде жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәмде турақ-жайды абаданластырыў, исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысын әмелге асырыў ушын электрон онлайн-аукцион арқалы;

2) турақлы пайдаланыўға бериў – усы Кодекстиң 20-статьясында нәзерде тутылған жағдайларда областьлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тәрепинен;

3) ижараға бериў – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен, сондай-ақ ашық электрон таңлаў ҳәм электрон онлайн-аукцион арқалы.

Ҳәммемиз билемиз, 2021 жыл 16 августдан баслап Өзбекстан Республикасы пуқараларына жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын 0,04 гектарга шекем жер участкалары электрон онлайн-аукцион арқалы мулк ҳуқықы тийкарында реализация қылынади.

Жеке тәртипте турақ-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы реализация етиўде жер участкаларын инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаў шартлери нәзерде тутылыўы керек.

Усы жерде жер участкасына болган ҳуқық қашан пайда болады деген сораў туўылады?

Өзбекстан Республикасы Жер Кодексиниң 31-статьясында «юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жер участкасына болған ҳуқықы жердиң өзинде шегаралар белгиленгенинен, жер участкаларының планлары (сызылмалары) ҳәм көринислери дүзилип, жер участкаларына болған ҳуқық мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин пайда болады» деп белгиленген.

Ал, бул ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳужжетлерге көшпес мулк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестринен электрон көширме жер участкасына болған мулк ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ордери, областлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң жер участкасын турақлы пайдаланыўға бериў ҳаққындағы қарары, ижара шартнамасы, жер участкасы берилген (ажыратылган) ўақыттағы  нызамшылыққа муўапық жер участкасын бериў (ажыратыў) ўәкиллигине ийе болған шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳүжжетлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлары палатасы бөлимшелериниң жер участкасын бөлиў ҳаққындағы ҳүжжетлери, суд қарары, алды-сатты шартнамасы, мулкдарлардың яки олар ўәкиллик  берган шахслардың  қарары тийкарында  бериледи.

Жер участкасына болған ҳуқық усы ҳуқық белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин күшке киреди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң   210-статьясында турақ-жайға мулк ҳуқықының пайда болыў тәртиби белгиленген болып, белгиленген тәртипте ажыратып берилген жер участкасында қурылып атырған жаңа турақ-жайға мулк ҳуқықы мәмлекетлик дизиминен өткизилген ўақыттан баслап пайда болады.

Ал, нызамшылыққа көре, белгиленген тәртипте ажыратып берилмеген жер участкасына қурылған турақ-жай өзбасымшалық пенен  қурылған имарат болып табылады.

Жоқарыда атап өтилген Пуқаралық кодексиниң 212-статьясында өзбасымшалық пенен имарат қурыў ҳәм оның ақыбетлери белгиленген.

Яғный, нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылыс мақсетлери  ушын ажыратылмаған жер участкаларында, сондай-ақ имарат қурыў ушын зарур рухсатнама алмастан яки архитектура ҳәм қурылыс нормалары ҳәмде қағыйдаларын айтарлықтай бузған ҳалда қурылган турақ-жай, баска имаратлар яки өзге көшпес мулк өзбасымшалық пенен  қурылған  имарат болып есапланады.

Өзбасымшалық пенен имарат қурған шахс оған мулк ҳуқықын ала  алмайды. Бул шахс қурған имаратты басқарыўга – сатыўға, саўға етиўге, ижарага бериўге, имаратқа қарата басқа питимлер дүзиўге ҳақылы емес.

Өзбасымшалық пенен имарат қурыў нәтийжесинде ҳуқықлары бузылған шахстың яки тийисли мәмлекетлик уйымның даўасы менен бундай имарат судтың қарарына көре имаратты қурған шахс тәрепинен яки оның есабынан бузып тасланыўы лазым.

Сонлықтанда, пуқаралар тийисли тәртипте қурылыс мақсетлери ушын ажыратылған жер участкасына нызамлы түрде тийисли рухсатнама алып, архитектура ҳәм қурылыс нормаларына әмел еткен ҳалда ҳәрекет етсе мақсетке муўапық болар еди.

 

 

Зульфия Бабаджанова,

Қарақалпақстан Республикасы  суды судьясы  

 

                                                       

 

 

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content