Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегацияның Наманган ўәлаятына әмелий сапары даўам етпекте

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегацияның Наманган ўәлаятына әмелий сапары даўам етпекте

11.05.2023 17:51:52 177 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегацияның Наманган ўәлаятына әмелий сапары даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы қала ҳәм район ҳәкимлери, исбилерменлик, инновациялар бойынша жуўапкерлерден ибарат делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятында болып турыпты.

Делегацияның гезектеги сапар объекти Наманган қаласындағы «Баркамал әўлад» киши санаат зонасы болды.

Усы киши санаат зонасындағы дерлик 10 гектар майдандағы 46 жойбар, исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, ислеп шығарылыўы жолға қойылған өнимлер менен жақыннан танысылды. Киши санаат зонасындағы “Мастер класс”, “Сифат ёғоч” ҳәмде “Баланс текс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети жумыслары делегация ағзаларында унамлы тәсир қалдырды.

Делегация «Даштбоғ» киши санаат зонасындағы кәрханаларда алып барылып атырған жумысларды барып көрди.

Дерлик 4 гектар майданда улыўма баҳасы 118,7 млрд. сумлық, соннан, 103,7 млрд. сум өз басламасы менен қаржы киргизген исбилерменлердиң үлеси ҳәм 15 млрд. сум банк кредитлери қаржылары менен жәми 22 жойбар иске түсирилген.

Делегация ағзалараның Наманган ўәлаятына болған сапары даўамында Давлатобод районындағы — «Жаңа Өзбекстан — жаслар зия мәсканы» жумыслары көзден өткерилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content