Өнерлиниң қолы -Алтын

Өнерлиниң қолы -Алтын

04.11.2020 11:43:26 385 Баспаға шығарыў

73 –Жастағы Жүзимгүл апа бир қара үйдиң шийин еки ҳәптеде тоқыйды

«Қызыл-өзек» аӯыл пуқаралар жыйынындағы «Төпе» аӯылында жасаӯшы Жүзимгүл апа Алимбетова жаслайынан қамыс пенен сырласып ший тоқып районымызға белгили өнерли апалардың бир болды.Жас гезинен баслап өнерментшиликке қызыққан ол Қара үй буйымлары есапланған ақ басқур,қызыл басқур,жез ший,қурақ тигиӯ ҳәм тоқыӯ өнерин анасы Бегзададан үйренеди.Ол 1965-жылдан баслап ҳәзирги күнге шекем турақлы шуғылланып,көплеп шәкиртлер таярлады.Ол миллий қурақ тоқыӯ ҳәм қараүйдиң безек буйымларын жасаӯ менен бир қатарда халқымыздың миллий тағамларын шеберлик пенен таярлайды.Усы күнге дейин «Қызыл-өзек» аӯыл пуқаралар жыйыны Төпе аӯылында жасаӯшы жетпистен артық жумыссыз ҳаял-қызларға өз өнерин үйретип келмекте.Жеккенен шыпта тоқыйтын апамыз алты қанатлы қараүйдиң шийын еки ҳәптеде бир өзи тоқып болады.Бүгинги күнде шаңарағында болса,жети перзентти камалға келтирип,оларды шебер өнермент ҳәм ҳәммеге өрнек болатуғын шаңарақ ийелери етип тәрбиялаған ибратлы,мийнетсүйгиш ана болып,жигирма еки ақлық,жети жаӯлықтың сүйикли кемпир апасы.

Пайдалы ресурслар
Skip to content