Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына әмелий сапар менен барды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы қала ҳәм район ҳәкимлери, исбилерменлик, инновациялар бойынша жуўапкерлерден ибарат делегация ағзалары тәжирийбе алмасыў, исбилерменликти раўажландырыў, киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлериниң жумысларын жолға қойыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Наманган ўәлаятына барды.
Айтып өтиў орынлы, исбилерменлик субъектлери жумысларын нәтийжели жолға қойыў бойынша Наманган ўәлаяты алдынғы тәжирийбеге ийе аймақлардан есапланады. Сонлықтан, делегация ағзалары да Наманган тәжирийбелерин үйрениў мақсетинде усы аймақта әмелий сапарда болып турыпты.
Делегация ағзалары дәслеп Үйши районындағы Ёркатай киши санаат зонасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Бул санаат зонасы улыўма 4,7 гектар майданда жайласқан болып, улыўма баҳасы 115 млрд. сумлық 26 жойбар әмелге асырылады. Усы жерде тийкарынан текстиль жөнелисиндеги кәрханалар жумыс алып барыўын жолға қойыў режелестирилген болып, 1730 жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары ўәлаят ҳәкими Ш.Абдуразаков пенен бирге “Mega fayz teks” ЖШЖ тәрепинен жип ийириў арқалы материал гезлемелер өнимлерин ислеп шығарыў, “Agro sof zaxira” ЖШЖ тәрепинен тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, «Уйчи мед диагноз» ЖШЖниң носки өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты.
Бул жерде усындай киши ислеп шығарыў кәрханаларының жумысларын жолға қойыў айрықша нәтийжели екенлиги атап өтилди.