Карнишина Мария Ивановна 1929-жылда Украинада туўылған. 1944-жылы Армия қатарына шақырылып, урысқа атланған. 1094-санлы Эвакуациялық әскерий бөлим госпиталында хызмет еткен. Бул жерде саўашта жарақат алған жаўынгерлерге медициналық жақтан жәрдем көрсетип, жеңиске өз үлесин қосқан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин арамызда өмир сүрип атырған урыс қатнасыўшысы Мария Ивановнаның шаңағында болды.
Жоқарғы Кеӊес Баслығы ветеран менен сәўбетлесип, оған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтыӊ байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм 18 миллион сум ақшалай сыйлық, қымбат баҳалы саўғаларын тапсырды.
Ҳәзирги ўақытта Мария Ивановна Нөкис қаласында ақлығы менен бирге жасап келмекте.
Жеңиске қосқан үлеси ушын бир неше мәрте медальлар менен сыйлықланған.