Урыс қатнасыўшысына Президент саўғалары тапсырылды

Урыс қатнасыўшысына Президент саўғалары тапсырылды

09.05.2023 14:32:31 178 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласында жасаўшы, Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Қадирбай ата Нармановтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ветеранды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы менен қызғын қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Президентимиздиң усы жыл 2-майдағы «Екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Екинши жәҳән урысы қатнасыўшысы Қадирбай Нармановқа 18 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық берилди. Сондай-ақ, урыс қатнасыўшысына мәмлекетимиз тәрепинен ажыратылған баҳалы саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content