9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 78 жыллығы белгиленди.
Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына елимиз басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мекеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.