Усы жылдың 5-май күни Бердақ атындағы Қаракалпақ мəмлекетлик музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни мүнәсибети менен, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының көркем өнер ғайраткери, «Меҳнат шухрати» ҳәм «Эл юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси, Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Нажиматдин Мухаммеддиновтың «Айт сен Аязийдиң қосықларынан» атамасындағы салтанаты кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанына 94 жыл толыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Ҳәммемизге белгили, Ҳүрметли Президентимиз қарақалпақ əдебияты менен мəдениятына ҳəмийше жоқары ҳүрмет пенен қарап, оны жəне де раўажландырыў мəселесине айрықша итибар қаратып келмекте.
Әсиресе Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен билдирилген:…Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы үлкен шайыр ҳəм жазыўшылардың дөретпелери менен танысып, қарақалпақ халқының үрп-əдет ҳəм қəдириятлары, дəрт ҳəм əрманлары, арзыў-нийетлери туўралы бай түсиникке ийе болғанман» деген пикирлер халқымыз тарийхына ҳəм дөретиўшилигине деген жоқары баҳа деп ойлаймыз.
Шайыр Ибрайым Юсуповтың қосық қатарларын халқымыз ядтан билиўи менен бирге, оның қосықларына жазылған намалар кеўиллерге өзгеше заўық бағышлайды.
Бүгинги өткерилген концерт бағдарламасында шайыр қәлеминен дөреген қосықлар намаға салынып, оның өлмес мийрасына және бир мәрте ҳүрмет көрсетилди.