Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 94 жыллығы мүнәсибети менен Шымбай районында салтанатлы әдебий кеше болып өтти.
Кешеге район ҳәкимлиги, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Халық билимлендириў бөлими ўәкиллери, шайырдың жақынлары, дөретиўшилер ҳәм жаслар қатнасты.
Әдебий кешеде сөз алғанлар Ибрайым Юсупов өмири ҳәм дөретиўшилигине, шайыр шығармаларының әдебиятымыз ҳәм халқымыздың руўхый дүньясындағы орны, өзине тән тәреплери ҳаққында кең түрде тоқталып, жыйналғанларды уллы шайырымыздың 94 жыллығы менен қызғын қутлықлады.