Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын атыз шетлери өзлестириледи

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын атыз шетлери өзлестириледи

04.05.2023 09:37:46 222 Баспаға шығарыў

Президенттиң «Аўыл хожалығы кәрханалары атыз шетлериндеги жер майданларында өним жетистириў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

(https://lex.uz/docs/6431546)Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығына хызметлер көрсетиў агентлигине фермер хожалықларының атыз шетлерин өзлестириў, оларда өнимлер жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлердиң исенимли сатып алыныўын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүклетилди.

Агентликке овощ, палыз егинлери ҳәм картошкашылық илимий-изертлеў институты ҳәм Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты бириктирилди. Оларға төмендеги ўазыйпалар жүклетилди:

Фермер хожалықларының атыз шетлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша илимий тийкарларды ислеп шығыў, овощ, палыз ҳәм картошка егинлери селекциясы жетискенликлерин ҳәр бир аймақтың климат шараятларынан келип шығып қоллаў;

Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў фондына 2023-жылда ажыратылыўы нәзерде тутылған 400 млрд. сум бюджет ссудасы есабынан 100 млрд. сум жыллық 10% ставкада төмендеги мақсетлер ушын жумсалады:

Атыз шетлерин өзлестириў ҳәм өним жетистириў ушын зәрүр болған туқым, нәллер, минерал төгинлер, хиймиялық препаратлар, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў;

Суў менен тәмийинлеў ушын насос ҳәм қубырларды орнатыўға қарыз шәртнамасы тийкарында, нақ пул формасында аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм атыз шети жер ийелерине 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке жыллық 14 % ставкада қарыз ажыратыў.

Бунда берилип атырған қарыз қаржылары алынып атырған дәраматтың 50 пайызынан асып кетиўи мүмкин емес.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content