Дүньяда балалардың қуӯанышынан,олардың күлкисинен инсанды ийгиликли ислерге толқынландыратуғын сезим болмаса керек.Себеби,олар периште мысалы пәк,шийрин арзыӯлары болса,бир дүнья.Солай екен,айдын келешегимиздиң ийелери болған жас әллад ӯәкиллерине ғамхорлық етиӯ,оларды Ана-Ӯатанымызға садықлық руӯхында тәрбиялаӯ ҳәр биримиздиң ӯазыйпамыз болып табылады.
Бүгинги күнде район бойынша жәми (550 орынлы) 3 мǝмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарында ҳǝмде 12 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери хызмет көрсетип келмекте.
Мектепке шекемги жасындағы 3-7 жас балалар саны 9562 ны қурайды. Соннан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 4504 бала, мәмлекетлик жеке шерикшилик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 497 балалар жәми 5001 бала тәрбияланбақта.