Жыл басында 2-сектор аймағындағы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар үйренилип шығылып, жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан, өзгелердиң көмегине мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары бәнтлигин тәмийинлеў, олардың дәраматын асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленип алынды.
Шымбай районы 2-сектор аймағында 6232 шаңарақ жасап атырған болып, 237 шаңарақ жәрдемге мүтәж екенлиги анықланды.
“Саховат ҳәм жәрдем” улыўма халықлық жәрдемлер шеңберинде ҳәм бириктирилген қәўендерлер тәрепинен сектор аймағындағы камбағал ҳәм пандемия дәўиринде өз дәрамадынан айрылған 237 шаңарақларға:
– 67 млн.сўмға жақын азық-аўқат өнимлери,
– 517 млн.686 мың сўмлық пластик ҳәм нақ пуллар,
– 50 млн. 810 мың сўмлық қарамал, қой-ешки, қоян, шөжели таўықлар ҳәм пал ҳәрре уялары менен тәмийинленип, жәми 634 млн.сўмнан артық әмелий жәрдемлер көрсетилди.
Республикамызда “Қурбан ҳайт” байрамы мүнәсебети менен 256 шаңарақтың ҳәр бирине 584.000 сўм қаржылар есапланып, пуқараларды ҳеш қандай әўерегершиликсиз, ҳәр бириниң үйине санитария-гигиена талапларына толық әмел қылынған ҳалда жәми 149 млн 483 мың ақшалай қаржылай тарқатылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 30-июльдағы Пәрманы менен аймақтағы мийнетке жарамсыз нәгиранлары, жалғыз баслы, бағыўшысынан айрылған, өзгелер көмегине мүтәж, 5 ҳәм оннан көп балалы шаңарақлар, карантин даўамында өзиниң дәрамат дерегинен айрылған ҳәм материаллық жәрдемге мүтәж 131 шаңарақлардың атына пластик карталар ашылып, 123 млн.640 мың сум муғдарында жәрдемлер тарқатылды.
Сондай-ақ 176 шаңараққа 16-жасқа шекемги 375 балаларға 189 млн 500 мың сум муғдарында жәрдемлер тарқатылды.
Ҳәзиги дәўиринде сектор аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларына азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бойынша 6 исбилерменлик субъектлери тәрепинен көшпели саўда шақапшалары шөлкемлестирилди.