Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткерди

Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткерди

13.04.2023 09:02:44 171 Баспаға шығарыў

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздың алыс, ең шетки аймақларынан есапланған Қоңырат районының Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлка пуқаралар жыйынлары, Бостан аўыллық пункти пуқаралары ушын жеке қабыллаўын ѳткериў режелестирилген еди.

Күнниң екинши ярымында Жоқарғы Кеңес Баслығы Жаслық ППЖ турғынларының мүрәжатларын тыңлаў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде аймақта болды.

Қабыллаў даўамында бир қатар мәселелер, соннан, коммуналлық хызмет кѳрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, медициналық жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў, турақ жайларын оңлаў, контракт пулларын тѳлеп бериў ҳәм басқа да күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Өз нәўбетинде, барлық билдирилген мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының қадағалаўына алынып, басым кѳпшилиги орнында шешимин тапты.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы”Жаслық” посёлкасына да 450 мың доллар муғдарындағы Социаллық орай қурылысы ушын жойбар тастыйықланды. Социаллық орайда пуқаралар ушын сапалы медициналық хызметлер көрсетиў менен бирге халыққа хызмет көрсетиў орынларын шөлкемлестириў белгиленген. Мәселен, тигиў цехы, оқыў орайы менен кәсипке таярлаў орайлары усылар қатарынан.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев өз сөзинде “Ҳәр бир мүрәжат артында бир инсанның ҳуқықы бар” деп атап өткен еди. Өткерилген қабыллаў арқалы бул сөз өз тастыйығын таўып, олардың ҳуқықлары тийкарында мүрәжатларының шешимин табыў бойынша зәрүрли илажлар көрилди.

Бундай ийгиликли ислер республикамыз бойлап буннан-былайда даўам еттириледи.

Пайдалы ресурслар
Skip to content