Жоғалған кадастр паспортын қайта тиклеў ушын не қылыў керек?

Жоғалған кадастр паспортын қайта тиклеў ушын не қылыў керек?

11.04.2023 17:51:13 134 Баспаға шығарыў

Жоғалған кадастр паспортын қайта тиклеў ушын арза бериўши Мәмлекетлик хызметлер орайға өзи келген ҳалда мүрәжат етиўи яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында мәмлекет хызметинен электрон тәризде пайдаланыў ушын дизимнен өтиўи керек.

Егер Сиз өзиңиз келип мүрәжат еткениӊизде, Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери сизиң атыӊыздан мүрәжат етеди, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткениӊизде белгиленген үлгидеги сораўнаманы электрон формада ғәрезсиз толтырасыз.

Үшинши шахслар мәпи ушын ҳәрекет қылынғанда, сораўнамаға белгиленген тәртипте рәсмийлестирилген исеним хаты ҳәм де сораўнамаға көшпес мүлкке болған ҳуқықларды тастыйықлайтуғын ҳүжжет усынылады.

Кадастр (топламы) паспорты жоғалғанда (жарамсыз ҳалға келгенде), қағаз ямаса пластик формада жаңа кадастр паспорты еки жумыс күни даўамында бериледи.

Шымбай районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы байланыс операторы Куўанышбекова Шолпанай Адилбек қызы

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content