Нызамшылыққа киритилген соңғы ɵзгерислер

Нызамшылыққа киритилген соңғы ɵзгерислер

10.04.2023 09:15:47 155 Баспаға шығарыў

2023-жыл 27-март күни ӨЗН-826-санлы «Педагог хызметкерлердиң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының Жынаят Кодексине ҳəмде Ɵзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексине қосымша ҳəм ɵзгерислер киритиў ҳаққында» ҳəмде ӨЗН-827-санлы «Медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў ушын жуўапкершиликтиң күшейтирилиўине байланыслы Ɵзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексине қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы нызамлары қабыл етилди.

ӨЗН-826-санлы нызам менен Жынаят Кодексиниң 1482 –статьясы тɵмендеги мазмундағы үшинши бɵлим менен толдырылды, оған кɵре мийнетке қандай бир формада мəжбүрлеў, буннан нызамда белгиленген жағдайлардан тысқары, билим бериў шɵлкеминиң педагог хызметкерине қарата тап усындай қылмыс ушын ҳəкимшилик жаза қолланылғанынан кейин исленген болса, базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки үш жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырыўға ямаса үш жылға шекем мийнетте дүзетиў ислери менен жазаланады.

Ал, бул нызам менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодексиниң 51-статьясы тɵмендеги екинши бɵлим менен толтырылды,  оған кɵре билимлендириў шɵлкеминиң педагог хызмтекерин мийнетке қандайда бир формада мəжбүрлеў базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады деп ѳзгерис киритилмекте.

ӨЗН-827-санлы нызам менен Ѳзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик  жуўапкершилик ҳаққындағы  кодекси 1977-статьясы менен толтырылды, оған кɵре медицина хызметкериниң нызамлы медициналық хызметине тосқынлық қылыў яки сол мақсетте медицина хызметкерине нызамға қайшы рәўиште  түрлише тәсир ɵткизиў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жети есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса жети есесинен он есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға яки он бес сутка мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады.

Усы Нызамлардың қабыл кылыныўы медицина ҳəмде педагог хызметкерлери  ҳуқықларын қорғаўға ҳәм олардың кәсиплик хызметине түрли жағдайларда араласыўлардың алдын алыўға, шыпакерлик ҳəмде педагог кәсибиниң статусын ҳәм абыройын асырыўға хызмет қылады.

 

Қарақалпақстан Республикасы

ҳəкимшилик суды судьясы                                  Ж.Аймаганбетова

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content