Усы жылдың 8-апрель күни Нөкис қаласындағы Саўда-санаат палатасы имаратында Нөкис қаласы пуқаралары ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти. Қабыллаў 9-апрельде Истиқлол балалар дем алыў бағында түнги саат 23:00 ге шекем даўам етти.
Өткерилген еки күнлик қабыллаўда өзиниң машқалалары менен 650 пуқара Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти ҳәм оларға орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги яғный 580 мүрәжат орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Өткерилген қабыллаўда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановта қатнасып, пуқаралардың мүрәжатларын қабыллады.
Улыўмаластырып айтқанда Жоқарғы Кеңес Баслығы барлық басшылар менен бирге еки күн даўамында Нөкис қаласы турғынлары ушын кабыллаў өткерди.
Ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгин барлық орынларда халқымыздың мүшкилин жеңиллетиў, олардың машқалаларына шешим табыў, ең баслысы инсан қәдири улуғланған елде ҳәр бир инсан қәдирленетуғынлығын әмелде халқымызға көрсетип бериў бойынша барлық зәрүрли ис-илажлар ҳәм ийгиликли жумыслар даўам еттирилмекте. Усы ийгиликли идеяларға тийкарланған көшпели қабыллаўлар да орынларда өткерилиўи даўам етеди.