Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында 2020-жыл 20-ноябрь күни өткерилген мәжилисте 11-класс оқыўшыларының Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық пәнинен алған теориялық билимлерин беккемлеў мақсетинде әмелият, яғный оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў белгиленген еди.
Усы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги менен Халық билимлендириў министрлигиниң қоспа қарары қабыл етилип, усы қарар тийкарында быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11-класстың жәми 8 мың 700 оқыўшысы арасында оқ атыў бойынша оқыў-шынығыўларын өткериў, сондай-ақ, жәмлеспеген жаслар менен мәдений ҳәмде психологиялық илажлар шөлкемлестириў белгилеп алынған.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Арқа-Батыс əскерий округиниң жаўынгерлик полигонына барып, 11-класс оқыўшыларының әскерий оқыў-шынығыўлары менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас сəркардасы тəрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, қураллы күшлеримиздиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, əскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, оларға ҳəм шаңарақ ағзаларына барлық қолайлы шараятлар жаратыў, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселелерине үлкен итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, оқыў-шынығыўларында билим-көнликпелерин арттырып атырған жасларға табыслар тиледи.
Оқыў-шынығыўлары барысында жасларымыз әскерий техникалар менен жақыннан танысып, оқ атар қуралларынан пайдаланыў көнликпелерин өзлестирмекте. Соның менен бирге, оқыў-шынығыўлары барысында оқыўшылардың әскерий билимлерин беккемлеў бойыншада бир қатар көргизбели шынығыўлар шөлкемлестирилген.