Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Муҳаммед ибн Аҳмед әл Беруний атындағы ислам билим бериў орны жәмәәти ҳәм билим алып атырған жаслар менен ушырасты. Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Оқыў орнында жаслардың тыянақлы билим алыўлары ушын барлық имканиятлар жаратылған. Атап айтқанда, заманагөй окыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме ресурс орайы, жатақхана, асхана, спорт залы менен саламатлық ханалары усылар қатарынан.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен билим бериў орны жаслары ушын ифтарлық (аўыз ашыў) дастурханы жайылды.
Ифтарлық Қураны Кәрийм тиләўаты менен басланды. Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде бүгинги күнде өз қәбилетин жүзеге шығарыў нийетиндеги жасларға қаратылып атырған итибар, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм билдирилип атырған исенимниң айрықша екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, усы билим бериў орнының директоры Ш.Бауатдинов сөзге шығып, билим журтына билдирилип атырған исеним, көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳәм республикамызға қаратылып атырған үлкен итибар ушын ҳүрметли Президентимизге миннетдаршылықлары шексиз екенлигин билдирди.
Усы орында атап өтиў керек, бүгинги күнде оқыў орнында 34 оқытыўшы 141 жасларға тәлим-тәрбия берип келмекте. Өз гезегинде жаслар бул орында терең билим алып, өзлериниң имканиятларын жүзеге шығарып атыр ҳәм көплеген жоқары нәтийжелерге ериспекте.