Тақыятас районы ҳәкими тайынланды

Тақыятас районы ҳәкими тайынланды

06.04.2023 17:12:27 136 Баспаға шығарыў

Усы жылдыӊ 5-апрель күни халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз алпысыншы сессиясы болып өтти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессия күн тәртибинде район халқыныӊ турмыс шараятын жақсылаў, районда аўыл хожалығы, ислеп шығарыў, исбилерменлик сыяқлы бир қатар тараўларды раўажландырыў, бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сессияда Курбанов Данияр Розумбаевич Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өз гезегинде Д.Курбанов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Мағлыўмат ушын, Курбанов Данияр Розумбаевич усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Салық комитети, сондай-ақ, Есап палатасында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барған.

Пайдалы ресурслар
Skip to content