“Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” жойбары старт алды

“Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” жойбары старт алды

03.04.2023 09:23:03 136 Баспаға шығарыў

“Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” жойбары старт алды

Ушырасыўда келисип алынған бирге ислесиў мәселелерин ҳәм Президентимиздиң Аралдың қурыған ултанында инновациялық усылларды қолланған ҳалда жасыл тоғайзарлықлар ҳәм жасыл қапламалы жайлаўлар жаратыў бойынша қойған ўазыйпаларын әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы мирәти менен Қытай Илимлер Академиясына қараслы Синьцзян экология ҳәм география институтының бир топар илимпазлары Карақалпақстанға келди.

Делегация менен ѳткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты ҳәм тәреплер ортасындағы бирге ислесиўлерди беккемлеў мәселелери кеңнен талқыланды.

Онда инновациялық искерлик, әмелге асырылып атырған илимий-әмелий инновациялық жойбарлар, Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимин табыў илажлары ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

Ѳз нәўбетинде, Қытай илимпазлары тәрепинен Арал теңизиниң экологиялық басқарыўында фотовольтаик технологияны тажирийбе ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериўге дыққат қаратқан ҳалда Қытайдың жетик инновациялық технологияларын қоршаған орталықты басқарыўға интеграциялаў, санаат конвергенциясы ҳәм технология интеграциясы арқалы Арал теңизиниң экологиялық машқалаларын шешиў бойынша экспериментлер ҳәм кѳргизбелер ѳткизиўге қаратылған жаңа инновациялық жойбардың презентациясы ѳткерилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content