Көшпели қабыллаўлар тийкарында пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр

Көшпели қабыллаўлар тийкарында пуқаралардың машқалалары өз шешимин таўып атыр

03.04.2023 08:52:49 172 Баспаға шығарыў

Хожели районында 1-апрель күни азанғы саат 10:00 де басланған қабыллаў 2-апрель таңғы саат 04:00 ге шекем, яғный 18 саат даўам етти.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан мәплери жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген болып, бунда барлық илажлар «Инсан қәдири ушын», ал, ийгиликли әмеллер болса «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстем»-деген принцип тийкарында турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр. Бунда пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў, нызамлы мәплерин тәмийинлеў жолында барлық илажлар көрилмекте.

Усы жылдың 1-апрель күни Хожели районында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың Әмиўдәря, Тақыятас ҳәм Хожели районлары пуқаралары ушын гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.

Өткерилген қабыллаўда өзиниң машқалалары менен 450 ден аслам пуқара келген болса, соннан 231 пуқара 256 мәселеде Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат етти ҳәм оларға орнында шешим табыў илажлары көрилди.

Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилиги яғный 61 пайызы орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, бағыўшысынан айырылған ҳәм машқаласы себепли қыйналып келген пуқаралардың мәселелери орнында шешип берилди, өз нәўбетинде бул пуқаралар мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттан, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы ийгиликли, соның менен бирге әмелий жумыслардан кеўили толып, миннетдаршылықларын билдирмекте.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content