Жынаят ислери бойынша Шымбай район судының баслығы А.Хожанов, Шымбай районы прокуроры орынбасары Б.Байманова Қарақалпақ мəмлекетлик университети Шымбай факултетинде хəм студент жаслар қатнасында Өзбекстан Республикасы Конституциясының жаңа мазмундағы жойбары, мазмуны ҳәм әҳимийети, Өзбекстан Республикасы нызамы менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси ҳәм Жынаят кодексине педагог хызметкерди мийнетке мәжбүрлеў менен байланыслы ҳәмде Өзбекстан Республикасы нызамы менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине медицина хызметкериниң нызамлы медициналық искерлигине тосқынлық етиў менен байланыслы жуўапкершилик бойынша киритилген өзгерислер ҳаққында түсиниклер берди.