Әҳмийетли ушырасыӯ болып өтти

Әҳмийетли ушырасыӯ болып өтти

31.03.2023 16:56:55 199 Баспаға шығарыў

Шымбай районы “Жипек жолы” мәкән пуқаралар жыйынында жайласқан 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты К.Каримов, А.Менгликулов – Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы экономикалық тараўда нызамшылықты орынлаў үстинен қадағалаў басқармасы прокуроры Ж.Досымбетов – Мәмлекетлик хизметлердиң көрсетилиўи үстинен қадағалаў басқармасы бас мәсләҳәтшиси А.Худайбергенов – Пуқаралық ислери бойынша М.Улуғбек районлар аралық судының судьясы, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси Кеңес депутаты М.Зарикеевлар қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары районлық Кеңес депутаты М.Зарикеев ашты ҳәм алып барды. Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары, мәҳәлле баслықлары, билимлендириў ҳәм медицина тараўы хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси депутаты К.Каримов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты М.Зарикеев ҳәм бир қатар тараў ўәкиллери Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди ҳәм Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content