Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарарының Шымбай районында орынланыўы бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта .
2022-жыл 25-октябрь күнги Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-2023-жылларда мәхәллелер инфраструктурасын және де жақсылў бойынша қосымша ис-илажлары хаққында”ғы 408-санлы қарарына тийкар, Шымбай районында жәми 15,2 млрд сўмлық курылыс жумыслары алып барыў белгиленген болып бүгинги күнде 9,3 млрд сўмлық жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда, “Шахтемир” МПЖ аймағына жәми 1,5 млрд сўмлық 2,8 км жолға қум шағал араласпасы ҳәм 2,4 км аралыққа қара қаплама төсеў белгиленген болып бүгинги күнде 2,8 км аралыққа қум шағал араласпасын (ЩПС) төсеў жумыслары жуўмақланып, қалған қара қаплама төсеў жумысларын төсеў ушын жер жумыслары алып барылмақта.
“Гүлистан” МПЖ аймағына жәми 1,28 млрд сўм болған 7,9 км аралыққа қум шағал араласпасын төсеў белгиленген болып, бүгинги күнде жумыслар толық орынланды.
“Таза – жол” АПЖ аймағына жәми 1,46 млрд сўм болған 6,4 км аралыққа қум шағал араласпасын төсеў белгиленген болып, бүгинги күнде жумыслар толық орынланды.
“Бахытлы” АПЖ аймағына жәми 710 млн. сўм болған 4 км аралыққа қум шағал араласпасын төсеў белгиленген болып, бүгинги күнде қум шағал араласпасын (ЩПС) тасыў жумыслары алып барылмақта.
“Қамыс -арық” АПЖ аймағына улыўма бахасы 2,5 млрд сўм болған 11,2 км аралыққа қум шағал араласпасын төсеў белгиленген болып бүгинги күнде жәми 8,9 км аралыққа қум шағал араласпасын (ЩПС) төсеў жумыслары жуўмақланған ҳәм қалған жолларған қум шағал араласпасын (ЩПС) тасыў жумыслары алып барылмақта.
“Жипек – жолы” МПЖ аймағына улыўма баҳасы 657 млн сўм болған 2,7 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағын тартыў белгиленген болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында.
“Бердақ” ҳәм «Гүжимли» МПЖ аймақларына улыўма бахасы 2 млрд. 64 млн. сўмлық 14,8 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағын тартыў ҳәм реконструкция жумысларын алып барыў белгиленген болып, бүгинги күнде 5,2 км ге ишимлик суў тармағы;
“Қылыл- өзек” АПЖ аймағына улыўма бахасы 2,8 млрд сўм болған суўды дусшылантырыўшы станция ҳәм 6,5 км аралықтағы ишимлик суў тармағын реконструкция қылыў белгиленгип, бүгинги күнде 1,9 млрд сўмлық, 6,4 км ишимлик суў тармақлары;
“Жипек – жолы”, «Көкши – қала» ҳәм «Темир – жол» МПЖ аймақларына улыўма баҳасы 1 млрд. 20 млн. сўм болған суўды дусшылантырыўшы станция ҳәм 6,5 км аралықтағы ишимлик суў тармағын реконструкция қылыў белгиленип, бүгинги күнде 1,9 млрд сўмлық, 6,4 км ишимлик суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте.
«Гүлистан» МПЖ аймағындағы улыўма бахасы 200 млн сўмлық
463-санлы трасформаторынан шығыўшы 0,4кВ электр узатыў тармағын СИП кабелине алмастырыў белгиленип, бүгинги күнде жумыслар толық жуўамқланды.
«Қара- көл» МПЖ аймағындағы Ата журт, Жаңа даўран, Ахымбет бахсы, Ш.Мусаев көшелерине 754 млн сўмлық 2 км түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў белгиленип, бүгинги күнде жумыслар толық орынланды.