Ушырасыўға Нураный ” қоры Өзбекистан Республикасы баскарыӯ баслығы Содикжан Турдиев , Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары, “Нураный қоры” ҚР бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, Шымбай районлық Мәҳәлле ҳәм нураныйлерди қоллап-қуӯатлаӯ бөлими баслығының мәсләҳәтшиси О.Толыбековлар ҳәм район нураныйлары ҳәм жаслар қатнасты.
Онда қатнасыўшылары өзлериниӊ өмир тәжирийбелери, ҳәзирги пәраўан турмысымызда жасларға қаратылған итибар ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў, билим менен ерисилетуғын жетискенликлерди мысаллар менен түсиндирди.
Соныӊ менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри орынбасары, “Нураный қоры” тәрепинен кексе нураныйларға қаржылай ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Ушырасыўдан мақсет елимиз келешеги болған жаслардың тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң орнын асырыў, олардың кәмил инсан болып тәрбияланыўында мүнәсип орын ийелеўин тәмийнлеўден ибарат. Әлбетте, үш дәўирде жасап өмирдиң ойлы-бәлентин көрген, билим-тәжирийбе арттырған бундай инсанлардан сабақ алса арзыйды.