Бүгин, 27 – март күни Шымбай районы Қарақалпақ мәмлекетлик Университети Шымбай факультети ҳәм де Шымбай ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары районлық Кеңес депутаты О.Толыбеков ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары Г.Мамбетниязовалар қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары районлық Кеңес депутаты О.Толыбеков ашты ҳәм алып барды. Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары, мәҳәлле баслықлары, билимлендириў ҳәм медицина тараўы хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылык палатасы депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығының орынбасары, районлық Кеңес депутаты О.Толыбеков ҳәм бир қатар тараў ўәкиллери Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берди ҳәм Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.