Бүгин Шымбай районы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими басламасы менен районлық Әдиллик бөлими менен биргеликте “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбарыныӊ мазмун-мәнисин кеӊнен түсиндириў мақсетинде оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Оқыў-семинарына мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.