Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халықтың турмыс тәризин жақсылаў, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, орынлардағы машқалаларды унамлы шешиў, мәҳәлле институтын жетилистириў, оның системалы жумыс алып барыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтериўге тийкар болмақта. Бул өз гезегинде мәҳәллени шын мәнисинде адамлардың аўырын жеңил ететуғын структураға айландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде мәҳәлле институтының жәмийетимизде атқаратуғын роли артып бармақта. Шын мәнисинде халқымыз бенен тығыз ислесетуғын жәмийеттиң бир буўыны сыпатында тараў хызметкерлери оғада машақатлы, соның менен бирге мақтанышлы ўазыйпаны атқарып келмекте.
Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен өзлериниң жоқары нəтийжелери ҳəм табыслары менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пəрманы тийкарында орден ҳəм медальлар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Өзбекстан Республикасы Кəмбағаллықты қысқартыў ҳəм бəнтлик министрлиги тəрепинен көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.