Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында орынларда пуқаралардың машқалаларына шешим табыў, олардың тәшўишлерин анықлаў, турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды жеңиллетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2022-жылдың ноябрь айында Қоструба аўылы пуқаралары менен ушырасқан еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы болып өткен ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешими ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў ушын Тахтакөпир районының Қоструба аўылына барды ҳәм елатта пуқаралар менен көрисип, жақыннан сәўбетлести.
Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығының алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты. Соннан, аймақтағы 27 хожалыққа газ плитасын алып бериў мәселеси де шешимин таўып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен газ плитасы менен тәмийинленди. Мәҳәлле имаратын қурып бериў бойынша билдирилген мүрәжатта унамлы шешимин тапты.
Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.
Әлбетте, Президентимиз басшылығында алып барылып атырған ийгиликли реформалардың, әмелге асырылып атырған өзгерислердиң ҳәр бир шаңараққа жетип барыўын тәмийинлеў жолындағы жумыслар турақлы түрде даўам еттириледи.