Жоқарғы Кеңес Баслығы Қубла Үстирт турғынлары менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Қубла Үстирт турғынлары менен ушырасты

14.03.2023 10:20:51 131 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың жасаў шараятын жақсылаў, мүнәсип шараят жаратыў бойынша орынларда барлық зәрүр илажлар әмелге асырылмақта.

2022-жылдың ноябрь айында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ең шетки алыс аймақ турғынлары менен ушырасыўлар шеңберинде Қубла Үстиртте болып, аўыл халқының мүрәжатларын тыңлаған еди.

Бүгин усы билдирилген мүрәжатлардың шешимин ҳәм Қубла Үстирт бойынша жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжесин көриў мақсетинде гезектеги сапар шөлкемлестирилди.

Айтып өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңес Баслығынын алдынғы жеке қабыллаўында билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапты. Соннан, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын жаңадан реконструкциялаў жумыслары бүгинги күнде жуўмақланып, тәрбияшы штат бирликлери ашып берилген. Буннан тысқары аймақты интернет пенен тәмийинлеў, перзентлериниң контракт төлеми пулларын төлеп бериў бойынша билдирилген мүрәжатлар да толық шешимин тапқан.

Бүгинги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың тилек-өтинишлери тыңланды ҳәм өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орнында шешип берилди.

Пуқаралардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасап, олардың машқалаларын шешиў бүгинги күнниң баслы мақсетлериниң бири болып, турмыслық мәселелерге шешим табыў жолындағы жумыслар жеделик пенен даўам етери анық.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content