Сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыўда көмеклесиў, озық ойлы, физикалық жақтан шыныққан, ана Ўатанға мухаббат руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Әсиресе, елимиздиң байрағын дүньяға танытыўда салмақлы үлес қосып атырған спорт тараўына айрықша дыққат аўдарылып, спортшыларымыздың мийнетлери барқулла итибарға алынып келинбекте. Бул бағдарда елимизде футболды раўажландырыў ҳәм оны ғалабаластырыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр.
Жақында республикамыздың Арал командасы жемисли жүрисин даўам етип, Про Лигада ойнаў имканиятын жеңип алған еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Арал командасы ағзалары менен ушырасып, Про Лига ойынлары алдынан футболшыларға әўмет тиледи ҳәм қарақалпақстанлы футбол ықласбентлери олардан жақсы нәтийжелер күтип қалатуғынлығын билдирди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Арал футбол командасына жаңадан қабыл етилген футболшылар таныстырылып, майданда ойнаў тәртип номерлери түсирилген ойын формалары тапсырылды.
Айтып өтиў орынлы, жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен футбол командасына жаңа микроавтобус тапсырылып, қаржы менен байланыслы мәселелери шешип берилди ҳәм Жоқарғы Кеңес тәрепинен тийисли қаржылар ажыратылды.