ИСЛАМ КЕҢПЕЙИЛЛИК ДИНИ!

ИСЛАМ КЕҢПЕЙИЛЛИК ДИНИ!

10.03.2023 20:57:32 190 Баспаға шығарыў

Ана диярымыз өзиниӊ тәкрарланбас тәбияты, ағар суўлары, ҳасылдар топрағы, жап-жасыл далалары, мийўели бағлары, бәлент таўлары, түрли-түрли гия ҳәм өсимликлер өсетуғын әлеплери, ески қалалары ҳәм аўыллары, қәдимий тарийхый ҳәм өзине тән мәденияты, үрип-әдетлерине ийе ийманлы, итиқадлы халқы менен дүньяға белгили. Ғәрезсизликке ерискенимизден кейин журтымыз және де абат ҳәм гɵззал болмақта. Бул үлкеде жасап атырған ҳәмме халықлар, миллетлер өз-ара татыўлықта ҳәм динлер-ара кеӊпейилликте жасап келмекте. Қайсы жерде татыўлық ҳәм кеӊпейиллик болса, сол жерде, әлбетте, тынышлық болады. Қайсы жерде тынышлық болса, сол жерде раўажланыў ҳәм кележекке исеним болады.

Өз ғәрезсизлигин қолға киргизген Өзбекстан әне сол тарийхый әдетлерге садық ҳалда жәмийетте миллетлерара татыўлық ҳәм бирге ислесиў руўҳы үстин болған турмыс тәризин алып бармақта. Әне соларға көре халқымыз жәмленип, өзиниӊ бирлигин, бир шаӊарақ екенлигин аӊлап, бир-бирине мийрибанлықта жасап атыр.

«Кеӊпейиллик» сөзи дерлик ҳәмме тиллерде бирдей ямаса бир-бирин толтырыўшы мазмунға ийе. Оларды улыўмаластырып «кеӊпейиллик» бул – шыдамлылық, бир-бирине шыдаў, өзин услаў, өзгеше көз қарас ҳәм ҳәрекетлерге ҳүрмет пенен мүнәсийбетте болыў, мүриўбетлилик, кеширимлилик, мийрибанлылық, киби мәнилерге ийе деп айтыў мүмкин. Сондай болса да, бүгинги күнде шуқыр жәмийетлик-сиясий, мәдений-илмий мазмун кәсиб еткен усы түсиниктиӊ көпшилик тәрептен тән алынған илмий тәрип жоқлығын, бирақ ол билдиретуғын тийкарғы сыпат ҳәм қәсийетлер улыўмалық түрде сыпатланғанын тастыйықлаў зәрүр.

1995 жыл 16 ноябрда ЮНЕСКО халқаралық шөлкеми «Кеӊпейиллик декларациясы» қабыл қылынды. Декларацияда ырқы, жынысы, келип шығыўы, тили, динине қарамастан, кеӊпейилликти жайыў, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүрмет пенен қараў киби мәжбүриятлар сәўлеленген.

Сол жылдан баслап 16 ноябр ҳәр жылы «кеӊпейиллик» күни сыпатында кеӊ нышанланып келинбекте. Әлбетте, халқымызға тән қәсийет болған – кеӊпейиллик биз ушын үрип-әдетдур.

Диний кеӊпейиллик түрли дийн ўәкиллериниӊ исениминдеги бар ақийда парықларына қарамастан, олардыӊ бир қатарда, өзара тыныш-татыў жасаўын аӊлатады. Ҳәр ким өз исенимине әмел қылыўында еркин болған ҳалда бул ҳуқыққа басқалар да ийе екенин тән алыўы лазым.

Инсан көриниси, ақылы, парасаты менен басқа махлуқатлардан үстин.

Демек, инсан сыпатында басқа диндеги ҳǝм басқа миллетдеги инсанлар менен инсаныйлық қатнасықларды жолға қойыў керек болады.

Аллаҳ таала Ҳужурaт сүўресиниң 13-аятында былай дейди: «Ҳәй адамлар! Ҳақыйқаттан, Биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳǝм ҳаял (Ҳаўадан) жараттық ҳǝмде бир бирлериңиз бенен танысыўларыңыз ушын сизлерди (ҳǝр түрли) халықлар ҳǝм елатлар қылып қойдық.

Буннан, инсанлардың түрли миллет, елат, халық ҳǝм қабийлаларға бөлиниўи Алланың ирадасы менен болғанлығы мǝлим болады.

Басқа миллеттеги адамлардың ҳүрметлерин орнына қойыўда ҳǝм Расулуллоҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның өзи өрнек болды: «Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам саҳабалар менен бирге отырған еди. Адамлар бир жаназаны көтерип өтти. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам орнынан турды. Саҳабалар «Я Расулуллаҳ бул яҳудийдиң жаназасы ғо»- деди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: яҳудий адам емеспе» – деди. Бул сөзлери менен саҳабалардан иренжигенлигин билдирди ҳǝмде басқа миллеттеги адамларға қандай мүнǝсебетте болыў кереклиги туўрысында ǝмелий көрсетпе берди.

Журтымызда бурыннан түрли исенимлердеги миллет ҳәм халықлар жасап келмекте. 130 дан зыят миллет перзентлериниӊ ҳүр ҳәм азат дыярда туўылып, тынышлық, татыўлық ҳәр еркин ҳалларында жасаўы ўатанымыздыӊ кеӊпейиллик үлкеси екенлигиниӊ айдын көринисидур. Олардыӊ өз-ара бир-бирлериниӊ исенимлерине ҳүрмет руўхында жасап келиўлериниӊ өзи Жаратқанныӊ халқымызға берген үлкен нематыдур.

 

Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 4-курс талабасы Раманов Бостан.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content