Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде қала ҳәм районларда мәҳәллелер аймақларында декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў ҳәр бир социаллық объектлер, мәдений дем алыў орынлары кафе, ресторанлар әтирапларында санитариялық тазалық, абаданластырыў жумысларының барысын қадағалаў бойынша дүзилген исши топар ағзалары, Шымбай районында болып, тараў басшылары менен мәжилис өткерди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов, исши топар ағзалары ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар қатнасты.
Онда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде районда исленетуғын жумыслар қарап шығылып, мийўели ҳәм декоратив терек нәллерин таярлаў ҳәм көгерип шыққан нәллерге тәрбия бериў жумысларын алып барыўға тоқтап өтти.
Буннан соң, районда алып келинген нәллердиң тәрбиясы, биогумус таярлаў жумыслары менен танысып шықты.